НЫЗАМСЫЗ ЖҮРГЕН АВТОТРАНСПОРТЛАР
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 176 - статьясы 3-бәнтине муӯапық халыққа лицензиясыз автотранспорт хызметин көрсеткенлиги ушын пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 7 есеси, ал әмелдар шахсларға 30 есесине шекем жәрийма қолланыӯ белгиленген.
Деген менен ҳәзирги ӯақытта айырым транспорт басқарыӯшылары нызам талапларына бойсынбастан, арнаӯлы лицензиясыз халыққа хызмет көрсетиӯ жағдайлары ушыраспақта.
Бул бойынша Қарақалпағстан Республикасы қала ҳәм районларында Транспорт қадағалаў инспекциясы Автомобиль ҳәм суў транспортында қадағалаў Қарақалпағстан Республикасы аймақлық бөлими инспекторлары ҳәм ЖПХ инспекторлары менен қоспа рейд иләжлары өткерилип атыр.
Рейд даўамында жәмийетлик транспортлар арасында лицензиясыз хызмет көрсетип жүрген автотранспортлар анықланып, баяннама рәсмийлестирилмекте.
Transport nazorati inspeksiyasi
Axborot xizmati